Hawa Rayi

4.7 (73)

날씨 | 1.8MB

기술

Hawa Rayi бул Android платформасы ушын Қарақалпақстан қалаларындағы ҳаӯа райын бақлаӯ бағдарламасы. Бағдарлама ашық-дерекли Sunshine (https://github.com/udacity/Sunshine) бағдарламасына тийкарланған болып, төмендеги мүмкиншиликлерди өз ишине алған:
- Қарақалпақстан Республикасы қалаларындағы 14 күнлик ҳаӯа райын бақлаӯ
- Ҳаӯа райын бақлаӯ мүмкин болған қалалар: Нөкис, Ақманғыт, Беруний, Бостан, Кегейли, Қанлыкөл, Қараөзек, Қоңырат, Манғыт, Мойнақ, Тахтакөпир, Төрткүл, Хожели, Шымбай, Шоманай ҳәм Ташкент
- Бағдарлама интерфейси ушын латын яки кирилл әлипбелерин сайлаӯ
- Күнлик ҳаӯа райы мағлыӯматларын басқалар менен бөлисиӯ
- Ҳаӯа райы хабарландырыӯын қосыӯ/өшириӯ
Hawa Rayi ашық-дерекли бағдарлама есапланып, дерегин https://github.com/shagalalab/HawaRayiApp адресине өтиӯ арқалы көриӯиңизге болады.
Бағдарлама жаратыӯшылары менен info@shagalalab.com email адресине хат жазыӯ, ямаса www.shagalalab.com сайтындағы 'Байланыс' бетинде жайласқан форманы толтырыӯ арқалы байланысыӯыңызға болады.
Төмендеги мақалада бағдарлама менен қысқа танысыӯ берилген:
http://www.shagalalab.com/2015/03/hawa-rayi-bagdarlamasi-menen-tanisiw.html

Show More Less

새로운 소식 Hawa Rayi

- күн ҳаӯа райы мағлыўматын интернеттен алыўдағы кемшиликлер дурысланды

정보

업데이트 날짜:

현재 버전: 1.2

필요한 Android 버전: Android 2.3.3 or later

Rate

Share by

당신은 또한 좋아할 수 있습니다